Бир көрип өзиңе болғанман ашық
Сәхәрде нурларын турар күн шашып
Кеулимде бир сезим қоймас зил басып
Кел жаным болайық бизлер ашық машық
Гулим гулим
Гулим гулим
Сағындым сағындым сени гулим
Қандай сезим болды журекти жаулаған
Көз алдымнан кетпес көзлериң жанан
Бир имкән бер маған имкән бер маған
Жаныңда қалайын мудам
Гулим гулим
Гулим гулим
Сағындым сағындым сени гулим
Бир қарасың менен ақлымды алып
Журегимди мениң дәртлерге салып
Келсең жаным маған күлимлеп бағып
Ышқыңда қыйнадың мени жағып